avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 10:10
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

"Мәдений жойбарлар миллий операторы" мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестириледи


"Мәдений илажлардың халықаралық тартымлылығын арттырыў ҳәм тараўға заманагөй басқарыўды енгизиў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-270-санлы, 17.07.2026-ж.) қабыл етилди.
 
🏛 Қарарға бола, Мәденият министрлиги жанындағы "Халықаралық фестиваллар дирекциясы" мәмлекетлик мәкемеси негизинде Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (Қор) жанында "Мәдений жойбарлар миллий операторы" мәмлекетлик мәкемеси (Миллий оператор) шөлкемлестириледи.
 
✅ Миллий операторға халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги мәдений илажларға таярлық көриў ҳәм өткериў шеңберинде төмендеги жеңиллик ҳәм преференциялар бериледи:
 
🔹 жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, тез медициналық жәрдем ҳәм жол-патруль хызметлеринен бийпул пайдаланыў;
 
🔹 Миллий оператор тәрепинен өткерилетуғын мәдений илажлар шеңберинде Өзбекстанға алып кирилетуғын үскенелер, сахна ҳәм техникалық қураллар, реквизитлер, музыка әсбаплары, LED-экранлар, дронлар ҳәм басқа да материаллық қунлықларды 2030-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етиў.
 
⌛️ Сондай-ақ, "Шарқ тароналари" халықаралық музыка фестивали келеси жылдан баслап ҳәр 2 жылда бир мәрте өткериледи.
 
🔎Миллий оператор Фестивальға шөлкемлестириўшилик-техникалық жақтан таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша атқарыўшы оператор етип белгиленди.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
483
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 09:46
#Әдиллик_хабары

Әдиллик министрлигиниң басламасы менен шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң санлы формасынан пайдаланыў әмелияты кеңейтилмекте

 
✅Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги ПП-161-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлигине уйымлық ҳүжжетлерди ҳуқықый экспертизадан өткериў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериўде оларды қайта ислеў (дүзетиў) арқалы мәмлекетлик дизимнен өткериў ўәкиллиги берилген.
 
📑Усы Пәрманның орынланыўы бойынша Әдиллик министрлигиниң басламасы менен ҳуқықый экспертизадан өткериў процесинде уйымлық ҳүжжетлерге пуқаралардың күнделикли турмысында анықланатуғын машқалаларды сапластырыў ҳәм оларға жеңиллик жаратыў бойынша усыныслар киргизилип барылмақта.
 
▶️ Атап айтқанда, төмендеги уйымлық ҳүжжетлерге пуқаралардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди my.gov.uz ҳәм "Социаллық карта" мобиль қосымшасы арқалы электрон тәризде усыныў имканиятын нәзерде тутыўшы нормалар киргизилди:
 
🔹 Аўшылық гүўалығын алыў ушын талабанларды оқыў курсларында оқытыў тәртиби ҳаққындағы реже (дизим саны 3887, 2026 жыл 3 июль);
 
🔹 Хызмет қуралы ҳәм оның оқ дәрилерин сақлаў ҳәм де олардан пайдаланыў ҳуқықына ийе болған юридикалық шахслардың қорғаў (әскерийлестирилген, қараўыллық) бөлимлери хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнийгелигин арттырыў курслары ҳаққындағы реже (дизим саны 3896, 2026 жыл 10 июль);
 
🔹 “Янги Ўзбекистон” университетинде мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлери ректоры (директоры) лаўазымына талабанларды таярлаў бойынша "Ректорлар мектеби" бағдарламасы шеңберинде оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы реже (дизим саны 3897, 2026 жыл 13 июль);
 
🔹Қамсызландырыўшылар (қайта қамсызландырыўшылар) ҳәм қамсызландырыў дәлдалшылары ушын жынайый искерликтен алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша ишки қадағалаў қағыйдалары (дизим саны 3898, 2026 жыл 13 июль).
 
🔎 Енди пуқаралар аўшылық гүўалығын алыў, хызмет қуралы менен ислеў ҳуқықына ийе болған хызметкерлерди оқытыў ҳәм "Ректорлар мектеби" бағдарламасы бойынша тест сынақларында қатнасыў хәм де қамсызландырыў хызметлеринен пайдаланыўда шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң түп нусқасы менен бир қатарда оның my.gov.uz ямаса "Социаллық карта" мобиль қосымшасындағы электрон формасынан хәм пайдаланыўы мүмкин.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
2 404
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 09:22
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

ҚҚСтың "ноль" ставкасы қолланылатуғын аўыл хожалығы өнимлериниң дизими белгиленди

 
Әдиллик министрлиги Қосымша қун салығының "ноль" ставкасы қолланылатуғын аўыл хожалығы өнимлери (пахта ҳәм ғәлле буған кирмейди) дизимин (дизим саны 3905, 21.07.2026 ж.) мәмлекетлик дизимнен өткерди.
 
🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 4-сентябрьдеги ПП-153-санлы Пәрманына тийкарланып 2026-жыл 1-январьдан аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин (пахта ҳәм ғәлледен тысқары) реализациялаўда қосымша қун салығының (ҚҚС) "ноль" процентлик ставкасы қолланылады.
 
✅ Соған бола, ҚҚСтың "ноль" ставкасы қолланылатуғын 516 аўыл хожалығы өнимлери (пахта ҳәм ғәлледен тысқары) дизими тастыйықланды.
 
⏭️ Усы Дизимге киргизилген өнимлерди жетистириў ушын сатып алынған товарлар (хызметлер) бойынша төленген ҚҚС суммасы қайтарып бериледи, аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшыларына бул қаржылар 3 күн ишинде автоматластырылған тәртипте қайтарылады.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
260
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 08:59
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Эл-юрт умиди” қоры менен биргеликте стипендиатлар ушын ажыратылатуғын қаржылар және де нәтийжели бағдарланады

 
Қарарға муўапық, Жоқары мектеп жумысы Уллы Британияның абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң үлгиси тийкарында жолға қойылады.
 
🔸 Жоқары мектеп пенен техникумлар бирге ислесиўи жолға қойылады. Бунда:
 
🔸 интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумларда усы бағдарламаларды табыслы тамамлаған питкериўшилерге Жоқары мектептиң тийисли бакалавриат тәлим бағдарында кириў имтиханларысыз оқыўды даўам еттириўге рухсат бериледи;
 
🔸 интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алған оқыўшылардың кредитлери сырт елли жетекши бирге ислесиўши билимлендириў шөлкемлери тәрепинен тән алыныўы тәмийинленеди.
 
☑️ “Эл-юрт умиди” қорына стипендия бағдарламалары шеңберинде 2027/2028-оқыў жылынан белгиленген тәртипте таңлаўдан өткен талабанлардың төмендеги қәрежетлерин қаржыландырыўға рухсат бериледи:
 
▫️ Жоқары мектеп ҳәм басқа да жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылатуғын интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алып атырған, топ-300 дизимине кирген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде, сондай-ақ, тараўлық жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлеринде оқыўды үзликсиз даўам еттириў имканиятына ийе болған студентлердиң сырт елде оқыўын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерин;
 
▪️ белгиленген жоқары билимлендириў шөлкемлери бакалавриат тәлим бағдарына шәртли қабыл етилген талабанлар ушын Жоқары мектеп ҳәм басқа жергиликли жоқары билимлендириў шөлкемлеринде интеграцияласқан бағдарламалар тийкарында шөлкемлестирилетуғын 1-курс (басқыш) (foundation) бағдарламалары оқыў қәрежетлерин (tuition fee).

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Telegram
Huqıqıy málimleme QR ️️
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар ❗️ Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби шөлкемлестириледи   "Республикада халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-269-санлы, 17.07.2026-ж.) қабыл етилди.   Мағлыўмат ушын: Өзбекстанда интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиў мақсетинде Уллы Британияның “IQF – Integrated qualifications framework” билимлендириў шөлкеми менен биргеликте Халықаралық маманлықлар ҳәм баҳалаў орайы (Орай) шөлкемлестирилген.   🔰 Қарарға бола, Орайға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:   🔹 ислеп шығылған интеграцияласқан бағдарламаларды QS (Quacquarelli Symonds) ямаса THE (The Times Higher Education) халықаралық рейтинг шөлкемлериниң глобал рейтингиниң топ-100 дизимине (топ-100 дизим) киретуғын бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлериниң академиялық талапларына салыстырыў ҳәм муўапықластырыў;   🔹 топ-100 дизимге киретуғын бирге ислесиўши…
1 341
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 08:46
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби шөлкемлестириледи

 
"Республикада халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-269-санлы, 17.07.2026-ж.) қабыл етилди.
 
Мағлыўмат ушын: Өзбекстанда интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиў мақсетинде Уллы Британияның “IQF – Integrated qualifications framework” билимлендириў шөлкеми менен биргеликте Халықаралық маманлықлар ҳәм баҳалаў орайы (Орай) шөлкемлестирилген.
 
🔰 Қарарға бола, Орайға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:
 
🔹 ислеп шығылған интеграцияласқан бағдарламаларды QS (Quacquarelli Symonds) ямаса THE (The Times Higher Education) халықаралық рейтинг шөлкемлериниң глобал рейтингиниң топ-100 дизимине (топ-100 дизим) киретуғын бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлериниң академиялық талапларына салыстырыў ҳәм муўапықластырыў;
 
🔹 топ-100 дизимге киретуғын бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен тән алынатуғын бакалавриатта“1+3”, “2+2”, магистратурада “1+1” сыяқлы билимлендириў моделлерин ислеп шығыў;
 
🔹 🏛Өзбекстан Республикасында жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломын бериўге қаратылған структураларды (кампус, филиал, франшиза, билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў орайлары ҳәм басқалар) шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисиў.
 
🏛 Уллы Британияның алдынғы тәжирийбеси тийкарында интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде тәжирийбе-сынақ түринде Ташкент архитектура-қурылыс университети жанында Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби (Жоқары мектеп) шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
1 357
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 06:37
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Мал-мүлк ҳәм жер салықлары бойынша салық жеңилликлеринен пайдаланыў бойынша мүрәжат етиў тәртиби белгиленди

 
Ҳүкимет қарары (389-санлы, 16.07.2026-ж.) менен Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-апрельдеги 150‑санлы қарарына қосымша киргизилди.
 
✅ Киргизилген қосымшаларға бола, "Физикалық шахслардан мал-мүлк ҳәм жер салықлары бойынша салық жеңилликлеринен пайдаланыў ушын электрон мүрәжат жоллаў бойынша мәмлекетлик хызметти көрсетиў"диң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
 
📝 Регламентке бола, физикалық шахслар тәрепинен мал-мүлк ҳәм жер салықлары бойынша салық жеңилликлеринен пайдаланыў ушын төмендегилерден бири арқалы электрон мүрәжат жолланады:
 
▫️ электрон салық хызметлери порталы
▫️ БИМХП (my.gov.uz)
 
✍️ Жиберилген мағлыўматларды салық уйымының жуўапкер хызметкери 2 жумыс күнинде салық уйымларында бар мағлыўматлар тийкарында үйренеди ҳәм салық жеңиллигин қолланыў ямаса оны бас тартыў ҳаққында жуўмақ рәсмийлестиреди.
 
⏭️ Салық уйымының тийисли жуўмағы 1 жумыс күни ишинде Электрон салық хызметлери порталы арқалы физикалық шахстың жеке кабинети ямаса БИМХПға жибериледи.
 
⌛️ Мүрәжат қайтарылған жағдайда, физикалық шахс бийкарлаў ушын тийкар болған кемшиликлерди сапластырған ҳалда, қайта мүрәжат етиўге ҳақылы.
 
▶️ Онда мүрәжат усы Регламент талаплары тийкарында қайта көрип шығылады.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
1 373
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 06:27
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў тәртиби белгиленди

 
Ҳүкимет қарары (388-санлы, 16.07.2026-ж.) менен "Бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
 
🔰Реже бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў, оған қойылатуғын талаплар және бонд қоймаханасына товарларды жайластырыўда бажыхана қадағалаўын ҳәм рәсмийлестириўин шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
 
🟢 Режеге бола, бонд қоймаханасының жумысын әмелге асырыўға еркин қоймахана жумысын лицензиялаў тәртиби тийкарында ҳәм де бонд қоймаханалары реестрине киргизилген жағдайда рухсат етиледи.
 
🔘 Бонд қоймаханасына жайластырылған товарлар менен төмендеги операциялар орынланыўы мүмкин:
 
🔹 арнаўлы электрон саўда платформалары арқалы физикалық тәреплерге сатылатуғын сырт ел товарларын сақлаў;

🔹 товардың өзгермейтуғын ҳалда пүтин сақланыўын тәмийинлеў операциялары;

🔹 әпиўайы жыйнаў операциялары ҳәм басқалар.
 
✅ Бонд қоймаханалары реестрине киргизиў талаплары:
 
🔸 бонд қоймаханасы жайласқан аймақта әмелдеги лицензияға ийе еркин қоймахана бар екенлиги;

🔸 арнаўлы электрон саўда платформасы менен өз-ара бирге ислесиў ямаса шериклик ҳаққында шәртнама бар екенлиги;

🔸 улыўма майданы кеминде 15 000 кв.м болған тутас еркин қоймаханаға ийе болыў ҳәм басқалар.
 
🕘 Бажыхана комитети арза келип түскен күннен баслап 10 жумыс күни ишинде арзаны ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди көрип шығады.
 
🗒 Буннан соң, арза бериўшиге оны бонд қоймаханалары реестрине киргизиў ямаса киргизиўден бас тартыў ҳаққында жуўап хатын жибереди.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
327
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 06:17
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

"Агропортал"дан пайдаланыў тәртиби белгиленди


Ҳүкимет қарары (381-санлы, 13.07.2026 ж.) менен "Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасынан пайдаланыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

📜 Усы Реже аўыл хожалығы субъектлерине агросанаат бағдарында электрон хызметлерди "бир ноқат" арқалы көрсетиўге мөлшерленген Аўыл хожалығы министрлигиниң "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасынан (Агропортал) пайдаланыў тәртибин белгилейди.

📙 Режеге бола, төмендегилер Агропортал операторының тийкарғы ўазыйпалары есапланады:

🔹 Агропорталға техникалық хызмет көрсетиў хәм де системаның нәтийжели ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлеў;

🔹 уйымлық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары арқалы электрон мағлыўматлар алмасыўын шөлкемлестириў;

🔹 Агропорталды жетилистирип барыў ҳәм басқалар.

🖇 Пайдаланыўшы Агропортал имканиятларынан пайдаланыў ушын agro.gov.uz мәнзилине Бирден-бир идентификация системасы (OneID) арқалы киреди.

🗒 Пайдаланыўшылардың арзаларын қабыл етиў, көрип шығыў ҳәм оларға жуўап жибериў тәртиби Агропортал ямаса электрон хызметлер көрсетиўге жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке сектордың мәлимлеме системалары арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.

📁 Бунда электрон хизмет көрсетиў нәтийжеси ҳаққында QR-код қойылған хабарнама Агропортал арқалы пайдаланыўшылардың жеке кабинетине жибериледи.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
277
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 05:54
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Суў қоры жер участкаларын исбилерменлерге ижараға бериў тәртиби белгиленди

 
Ҳүкимет қарары (362-санлы, 02.07.2026-ж.) менен "Ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў ҳәм суў қоры жер участкаларын исбилерменлик субъектлерине ижараға бериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
 
🔰Режеге бола, район (қала) ҳәкимликлери суў объектин баланста сақлаўшы шөлкемлер менен биргеликте ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў арқалы пайда болған суў қоры жер участкаларын исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын:
 
➖ электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы ижараға бериў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлерине мүрәжат етеди.
 
✅ Ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў бойынша қурылыс-монтажлаў жумыслары электрон онлайн-аукцион саўдаларының жеңимпазы тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде белгиленген параметрлерде әмелге асырылады.
 
⛔️ Ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў арқалы пайда болған суў қоры жер участкаларының жер категориясын өзгертиўге жол қойылмайды.
 
📝 Ижарага берилген суў қоры жер участкасы аймағында жабық-жатық дренажларды саз жағдайда сақлаў ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары электрон онлайн-аукцион саўдаларының жеңимпазы тәрепинен әмелге асырылады.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
1 292
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 05:44
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Әдиллик министрлиги Диний билимлендириў мәкемелери ҳәм "Умра" илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўда "Қәўип-қәтерди таллаў" электрон системасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы режени (дизим саны 3899, 15.07.2026 ж.) мәмлекетлик дизимнен өткерди.

 
🔰 Оған көре:
 
🔹 исбилерменлик субъектлериниң жумысында нызамшылық бузылыўы қәўипин автоматластырылған тәризде баҳалаў механизми енгизиледи;
 
🔹 қәўип дәрежесин анықлаўда мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары, статистикалық мағлыўматлар, мүрәжатлар, ҒХҚ ҳәм басқа да нызамлы дәреклерден алынған мағлыўматлардан пайдаланылады;
 
🔹 қәўип-қәтерди таллаў процесинде исбилерменлик субъектлеринен қосымша ҳүжжет ҳәм мағлыўматлар талап етиўге жол қойылмайды;
 
🔹 қәўип дәрежесин диний билимлендириў мәкемелери ҳәм "Умра" илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў тараўлары бойынша айрықша нормалар тийкарында әмелге асырылады;
 
🔹 ҳуқықбузарлық қәўпи дәрежеси жоқары, орта ҳәм төмен категорияларға ажыратылады;
 
🔹 жоқары ҳәм орта қәўип топарына киретуғын субъектлерде профилактикалық илажлар ҳәм тексериўлер нызамшылық тийкарында шөлкемлестириледи
 
🔹 төмен қәўип топарына кириўши исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткерилмейди;
 
🔹 электрон системада анықланған қәўип дәрежеси исбилерменлик субъектине туўрыдан-туўры тәсир илажларын қолланыў ушын тийкар есапланбайды.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
1 308
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 05:33
#Билесизбе

❗️Ойлап табыўға патент бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў тәртиби белгиленди


Толық мағлыўмат инфографикада👆

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
380
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ

Huqıqıy málimleme QR ️️

6.9K
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
Открыть в Telegram