#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Әдиллик министрлиги Диний билимлендириў мәкемелери ҳәм "Умра" илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўда "Қәўип-қәтерди таллаў" электрон системасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы режени (дизим саны 3899, 15.07.2026 ж.) мәмлекетлик дизимнен өткерди.
🔰 Оған көре:
🔹 исбилерменлик субъектлериниң жумысында нызамшылық бузылыўы қәўипин
автоматластырылған тәризде баҳалаў механизми енгизиледи;
🔹 қәўип дәрежесин анықлаўда мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары,
статистикалық мағлыўматлар, мүрәжатлар, ҒХҚ ҳәм басқа да нызамлы дәреклерден алынған мағлыўматлардан пайдаланылады;
🔹 қәўип-қәтерди таллаў процесинде исбилерменлик субъектлеринен
қосымша ҳүжжет ҳәм мағлыўматлар талап етиўге
жол қойылмайды;
🔹 қәўип дәрежесин диний билимлендириў мәкемелери ҳәм "Умра" илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў тараўлары бойынша айрықша
нормалар тийкарында әмелге асырылады;
🔹 ҳуқықбузарлық қәўпи дәрежеси
жоқары, орта ҳәм төмен категорияларға ажыратылады;
🔹
жоқары ҳәм орта қәўип топарына киретуғын субъектлерде
профилактикалық илажлар ҳәм
тексериўлер нызамшылық тийкарында шөлкемлестириледи
🔹
төмен қәўип топарына кириўши исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер
өткерилмейди;
🔹
электрон системада анықланған қәўип дәрежеси исбилерменлик субъектине
туўрыдан-туўры тәсир илажларын қолланыў ушын тийкар есапланбайды.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram