#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби шөлкемлестириледи
"Республикада халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-269-санлы, 17.07.2026-ж.) қабыл етилди.
Мағлыўмат ушын: Өзбекстанда интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиў мақсетинде Уллы Британияның “IQF – Integrated qualifications framework” билимлендириў шөлкеми менен биргеликте Халықаралық маманлықлар ҳәм баҳалаў орайы (Орай) шөлкемлестирилген.
🔰 Қарарға бола, Орайға төмендеги
қосымша ўазыйпалар жүкленди:
🔹 ислеп шығылған интеграцияласқан бағдарламаларды
QS (Quacquarelli Symonds) ямаса THE (The Times Higher Education) халықаралық рейтинг шөлкемлериниң глобал рейтингиниң
топ-100 дизимине (топ-100 дизим)
киретуғын бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлериниң академиялық талапларына салыстырыў ҳәм муўапықластырыў;
🔹 топ-100 дизимге киретуғын бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен тән алынатуғын
бакалавриатта“1+3”, “2+2”, магистратурада “1+1” сыяқлы билимлендириў моделлерин ислеп шығыў;
🔹 🏛Өзбекстан Республикасында
жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломын бериўге қаратылған структураларды
(кампус, филиал, франшиза, билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў орайлары ҳәм басқалар) шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисиў.
🏛 Уллы Британияның алдынғы тәжирийбеси тийкарында интеграцияласқан билимлендириў бағдарламаларын енгизиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде
тәжирийбе-сынақ түринде Ташкент архитектура-қурылыс университети жанында
Интеграцияласқан бағдарламалар жоқары мектеби (Жоқары мектеп) шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram