#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Агропортал"дан пайдаланыў тәртиби белгиленди
Ҳүкимет қарары (381-санлы, 13.07.2026 ж.) менен "Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасынан пайдаланыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
📜 Усы Реже аўыл хожалығы субъектлерине агросанаат бағдарында электрон хызметлерди
"бир ноқат" арқалы көрсетиўге мөлшерленген Аўыл хожалығы министрлигиниң
"Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасынан (Агропортал) пайдаланыў тәртибин белгилейди.
📙 Режеге бола, төмендегилер Агропортал операторының
тийкарғы ўазыйпалары есапланады:
🔹 Агропорталға техникалық хызмет көрсетиў хәм де системаның нәтийжели ҳәм
үзликсиз ислеўин тәмийинлеў;
🔹 уйымлық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары арқалы
электрон мағлыўматлар алмасыўын шөлкемлестириў;
🔹 Агропорталды жетилистирип барыў ҳәм басқалар.
🖇 Пайдаланыўшы Агропортал имканиятларынан пайдаланыў ушын
“agro.gov.uz” мәнзилине Бирден-бир идентификация системасы
(OneID) арқалы киреди.
🗒 Пайдаланыўшылардың арзаларын қабыл етиў, көрип шығыў ҳәм оларға жуўап жибериў тәртиби Агропортал ямаса электрон хызметлер көрсетиўге жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке сектордың
мәлимлеме системалары арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.
📁 Бунда электрон хизмет көрсетиў нәтийжеси ҳаққында
QR-код қойылған хабарнама Агропортал арқалы пайдаланыўшылардың жеке кабинетине жибериледи.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram