avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
23.07.2026 06:27
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў тәртиби белгиленди

 
Ҳүкимет қарары (388-санлы, 16.07.2026-ж.) менен "Бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
 
🔰Реже бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў, оған қойылатуғын талаплар және бонд қоймаханасына товарларды жайластырыўда бажыхана қадағалаўын ҳәм рәсмийлестириўин шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
 
🟢 Режеге бола, бонд қоймаханасының жумысын әмелге асырыўға еркин қоймахана жумысын лицензиялаў тәртиби тийкарында ҳәм де бонд қоймаханалары реестрине киргизилген жағдайда рухсат етиледи.
 
🔘 Бонд қоймаханасына жайластырылған товарлар менен төмендеги операциялар орынланыўы мүмкин:
 
🔹 арнаўлы электрон саўда платформалары арқалы физикалық тәреплерге сатылатуғын сырт ел товарларын сақлаў;

🔹 товардың өзгермейтуғын ҳалда пүтин сақланыўын тәмийинлеў операциялары;

🔹 әпиўайы жыйнаў операциялары ҳәм басқалар.
 
✅ Бонд қоймаханалары реестрине киргизиў талаплары:
 
🔸 бонд қоймаханасы жайласқан аймақта әмелдеги лицензияға ийе еркин қоймахана бар екенлиги;

🔸 арнаўлы электрон саўда платформасы менен өз-ара бирге ислесиў ямаса шериклик ҳаққында шәртнама бар екенлиги;

🔸 улыўма майданы кеминде 15 000 кв.м болған тутас еркин қоймаханаға ийе болыў ҳәм басқалар.
 
🕘 Бажыхана комитети арза келип түскен күннен баслап 10 жумыс күни ишинде арзаны ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди көрип шығады.
 
🗒 Буннан соң, арза бериўшиге оны бонд қоймаханалары реестрине киргизиў ямаса киргизиўден бас тартыў ҳаққында жуўап хатын жибереди.

Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
327
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ

Обсуждение 0

Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.

Обсудить в Telegram

Huqıqıy málimleme QR ️️

6.9K
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
Открыть в Telegram