#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
“Эл-юрт умиди” қоры менен биргеликте стипендиатлар ушын ажыратылатуғын қаржылар және де нәтийжели бағдарланады
✅
Қарарға муўапық, Жоқары мектеп жумысы
Уллы Британияның абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң үлгиси тийкарында жолға қойылады.
🔸 Жоқары мектеп пенен
техникумлар бирге ислесиўи жолға қойылады. Бунда:
🔸 интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумларда усы бағдарламаларды табыслы тамамлаған питкериўшилерге
Жоқары мектептиң тийисли бакалавриат тәлим бағдарында кириў имтиханларысыз оқыўды
даўам еттириўге рухсат бериледи;
🔸 интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алған оқыўшылардың кредитлери сырт елли
жетекши бирге ислесиўши билимлендириў шөлкемлери тәрепинен
тән алыныўы тәмийинленеди.
☑️ “Эл-юрт умиди” қорына
стипендия бағдарламалары шеңберинде
2027/2028-оқыў жылынан белгиленген тәртипте таңлаўдан өткен талабанлардың төмендеги қәрежетлерин қаржыландырыўға
рухсат бериледи:
▫️ Жоқары мектеп ҳәм басқа да жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылатуғын
интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алып атырған,
топ-300 дизимине кирген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде, сондай-ақ,
тараўлық жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлеринде оқыўды үзликсиз даўам еттириў имканиятына ийе болған студентлердиң сырт елде оқыўын шөлкемлестириўге
байланыслы қәрежетлерин;
▪️ белгиленген жоқары билимлендириў шөлкемлери
бакалавриат тәлим бағдарына
шәртли қабыл етилген талабанлар ушын Жоқары мектеп ҳәм басқа жергиликли жоқары билимлендириў шөлкемлеринде интеграцияласқан бағдарламалар тийкарында шөлкемлестирилетуғын
1-курс (басқыш) (foundation) бағдарламалары
оқыў қәрежетлерин (tuition fee).
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram