#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Суў қоры жер участкаларын исбилерменлерге ижараға бериў тәртиби белгиленди
Ҳүкимет қарары (362-санлы, 02.07.2026-ж.) менен "Ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў ҳәм суў қоры жер участкаларын исбилерменлик субъектлерине ижараға бериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
🔰Режеге бола, район (қала) ҳәкимликлери суў объектин баланста сақлаўшы шөлкемлер менен биргеликте ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын
жабық-жатық дренажларға айландырыў арқалы пайда болған суў қоры жер участкаларын исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын:
➖ электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы ижараға бериў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм
ўәлаятлар ҳәкимликлерине мүрәжат етеди.
✅ Ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў бойынша қурылыс-монтажлаў жумыслары
электрон онлайн-аукцион саўдаларының жеңимпазы тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде белгиленген параметрлерде әмелге асырылады.
⛔️ Ашық түрдеги коллектор-дренаж тармақларын жабық-жатық дренажларға айландырыў арқалы пайда болған суў қоры жер участкаларының жер категориясын өзгертиўге жол қойылмайды.
📝 Ижарага берилген суў қоры жер участкасы аймағында
жабық-жатық дренажларды саз жағдайда сақлаў ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары электрон онлайн-аукцион саўдаларының жеңимпазы тәрепинен әмелге асырылады.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram