#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
ҚҚСтың "ноль" ставкасы қолланылатуғын аўыл хожалығы өнимлериниң дизими белгиленди
Әдиллик министрлиги Қосымша қун салығының "ноль" ставкасы қолланылатуғын аўыл хожалығы өнимлери (пахта ҳәм ғәлле буған кирмейди) дизимин (дизим саны 3905, 21.07.2026 ж.) мәмлекетлик дизимнен өткерди.
🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 4-сентябрьдеги ПП-153-санлы Пәрманына тийкарланып
2026-жыл 1-январьдан аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин (пахта ҳәм ғәлледен тысқары)
реализациялаўда қосымша қун салығының (ҚҚС) "ноль" процентлик ставкасы қолланылады.
✅ Соған бола, ҚҚСтың "ноль" ставкасы қолланылатуғын
516 аўыл хожалығы өнимлери (пахта ҳәм ғәлледен тысқары) дизими тастыйықланды.
⏭️ Усы Дизимге киргизилген өнимлерди жетистириў ушын сатып алынған товарлар (хызметлер) бойынша төленген ҚҚС суммасы қайтарып бериледи, аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшыларына бул
қаржылар 3 күн ишинде автоматластырылған тәртипте қайтарылады.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram