#Әдиллик_хабары
Әдиллик министрлигиниң басламасы менен шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң санлы формасынан пайдаланыў әмелияты кеңейтилмекте
✅Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги ПП-161-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлигине уйымлық ҳүжжетлерди ҳуқықый экспертизадан өткериў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериўде оларды
қайта ислеў (дүзетиў) арқалы мәмлекетлик дизимнен өткериў ўәкиллиги берилген.
📑Усы Пәрманның орынланыўы бойынша
Әдиллик министрлигиниң басламасы менен ҳуқықый экспертизадан өткериў процесинде уйымлық ҳүжжетлерге
пуқаралардың күнделикли турмысында анықланатуғын машқалаларды сапластырыў ҳәм оларға жеңиллик жаратыў бойынша усыныслар киргизилип барылмақта.
▶️ Атап айтқанда, төмендеги уйымлық ҳүжжетлерге пуқаралардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди
my.gov.uz ҳәм "Социаллық карта" мобиль қосымшасы арқалы электрон тәризде усыныў имканиятын нәзерде тутыўшы нормалар киргизилди:
🔹
Аўшылық гүўалығын алыў ушын талабанларды оқыў курсларында оқытыў тәртиби ҳаққындағы реже
(дизим саны 3887, 2026 жыл 3 июль);
🔹 Хызмет қуралы ҳәм оның оқ дәрилерин сақлаў ҳәм де олардан пайдаланыў ҳуқықына ийе болған юридикалық шахслардың қорғаў
(әскерийлестирилген, қараўыллық) бөлимлери хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнийгелигин арттырыў курслары ҳаққындағы реже
(дизим саны 3896, 2026 жыл 10 июль);
🔹 “Янги Ўзбекистон” университетинде мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлери ректоры (директоры) лаўазымына талабанларды таярлаў бойынша
"Ректорлар мектеби" бағдарламасы шеңберинде оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы реже
(дизим саны 3897, 2026 жыл 13 июль);
🔹
Қамсызландырыўшылар (қайта қамсызландырыўшылар) ҳәм қамсызландырыў дәлдалшылары ушын жынайый искерликтен алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша ишки қадағалаў қағыйдалары
(дизим саны 3898, 2026 жыл 13 июль).
🔎 Енди пуқаралар
аўшылық гүўалығын алыў, хызмет қуралы менен ислеў ҳуқықына ийе болған хызметкерлерди оқытыў ҳәм
"Ректорлар мектеби" бағдарламасы бойынша тест сынақларында қатнасыў хәм де қамсызландырыў хызметлеринен пайдаланыўда шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң түп нусқасы менен бир қатарда оның
my.gov.uz ямаса "Социаллық карта" мобиль қосымшасындағы электрон формасынан хәм пайдаланыўы мүмкин.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram