#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Көп квартиралы үй ҳәм оның әтирапындағы көклемзарластырылған аймақларды өзбасымшалық пенен қысқартыў қадаған етилди
🚫 Көп квартиралы турақ жайлар ҳәм оған тутас жер участкасында төмендегилер
қадаған етиледи:
▫️ тийисли рухсатнамасыз
тереклер ҳәм путаларды басқа орынға көширип егиў ямаса кесиў;
▫️ көп квартиралы турақ жайларға тутас жер участкаларын металл бөлеклери, қурылыс ҳәм
турмыслық ҳәм басқа да шығындылар менен толтырыў;
▫️ тереклерге жип ҳәм сымларды байлаў,
әткөншеклер илдириў, реклама тахталарын жабыстырыў;
▫️
гүлзарлар, майсазарлар ҳәм жолларды шығындылар менен патасландырыў;
▫️ көклемзарластырылған аймақлар, балалар ҳәм спорт майданшалары, үлкен жастағы халықтың дем алыўы,
денетәрбия шынығыўлары менен шуғылланыў ушын мөлшерленген орынлардан автомобиллердиң туратуғын орны сыпатында пайдаланыў;
▫️ көклемзарластырылған аймақларды өзбасымшалық пенен қысқартыў
(бетон ямаса басқалар менен қаплаў);
▫️ жасыл өсимликлер менен бәнт болған майданларға ҳәр қандай материалларды топлаў;
▫️ жасыл өсимликлер жанындағы жолларға жасыл өсимликлер ушын зыянлы болған
химиялық затларды себиў ямаса усы затлар менен суўғарыў.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram