avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
04.05.2026 19:42
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ендигиден былай көп квартиралы турақ жайлардың кириў жоллары ҳәм текшелери ҳәптеде 1 мәрте тазаланыўы керек


Әдиллик министрлиги көп квартиралы турақ жайларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын (дизим саны 3824, 29.04.2026 ж.) мәмлекетлик дизимнен өткерди.

📝 Оған бола, көп квартиралы турақ жайлар ушын басқарыў уйымлары тәрепинен улыўма техник паспорт жүргизиледи.

✅ Басқарыў уйымлары жүк көтериўши конструкциялар, бақлаў камералары ҳәм домофонлар саз жағдайда сақланыўы, шийки зат, материаллар, жанылғы, инвентарь ҳәм хожалық үскенелерин сатып алыў жумысларын әмелге асырады.

📑 Көп квартиралы турақ жайдың фасад бөлимлеринде ҳәм улыўма пайдаланыў аймақларында мүлк ийелери улыўма жыйналысының қарары менен архитектуралық деталлар, рекламалар, афишалар ҳәм дағазалар орнатыў мүмкин.

❗️ Үйлердеги шаўқым дәрежеси белгиленген санитария нормаларынан аспаўы шәрт.

🚿 Үйлер (баспалдақлар, лифтлер, шығынды камерасы, шығындыларды жыйнаў қурылмаларының жер төлелери ҳәм басқалар), тутас аймақлар зәрүрликке бола, басқарыў уйымы тәрепинен дератизацияланыўы, дезинсекция ҳәм дезинфекцияланыўы.

⏳ Үйлердиң жер төле бөлиминдеги қубырларда авария жағдайы жүзеге келиўи нәтийжесинде суў ямаса ақаба суў топланып қалса басқарыў уйымы 24 саат даўамында жер төледеги суў ҳәм ақаба массаларын шығарып жибериўи керек.

🔎 Ҳәптеде бир мәрте көп квартиралы турақ жайлардың лифт ханалары тазаланады ҳәм лифт үскенелери турақлы техникалық мониторингтен өткериледи.

Telegram|Facebook*|Instagram*|
YouTube
Telegram
Huqıqıy málimleme QR ️️
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал. ▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin ▪️|Рус тилинде— @pravoinf ▪️|Инглиз тилинде — @leginf ▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
3 381
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ

Обсуждение 0

Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.

Обсудить в Telegram

Huqıqıy málimleme QR ️️

5.1K
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
Открыть в Telegram