#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
“Экология тараўындағы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын финанслық санкциялар енгизиледи
Нызам (ӨРН–1143-санлы, 04.05.2026 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
💰 Киргизилген өзгерислерге бола, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын
финанслық санкциялар енгизилиўи белгиленди.
✅ Оған бола,
дәрьялардың өзенлерин тазалаўға ҳәм жағалықларын беккемлеўге байланыслы жумысларды әмелге асырыў тәртибин бузғанлық ушын юридикалық шахсларға қарата қоршаған орталыққа жеткерилген зыянның
3 есеси муғдарында жәрийма түриндеги финанслық санкциялар қолланылады.
💧 Суўларды патаслағаны, сондай-ақ, суў объектлерине ақаба суўларды ағызыўға жол қойыў шәртлери ҳаққындағы талапларды бузғаны ушын юридикалық шахсларға қоршаған орталықты патаслағаны ушын төлениўи керек болған компенсация төлеминиң
10 есеси муғдарында жәрийма түриндеги финанслық санкциялар қолланылады.
📜 Юридикалық шахсларға тийисли болған ямаса оларға бириктирилген аймақтағы тереклерди қорғаў ҳәм сақлаўға байланыслы нызамшылықта белгиленген илажларды көрмегенлиги ушын юридикалық шахсларға қоршаған орталыққа жеткерилген
зыянның 5 есеси муғдарында жәрийма түриндеги финанслық санкциялар қолланылады.
📌 Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram