#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Угом дәрьясының тәбийғый гидрологиялық режими және де жақсыланады
"Угом дәрьясының тәбийғый гидрологиялық режими ҳәм биологиялық көп түрлилигин және де жақсылаў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-164-санлы, 04.05.2026-ж.) қабыл етилди.
🏛 Қарарға бола,
Угом дәрьясы мәмлекетлик гидрологиялық тәбият естелиги деп жәрияланады.
🚫
2026-жыл 1-июннан баслап дәрьяның жаға бойы аймақлары ҳәм суўды қорғаў зоналарында тәбийғый гидрологиялық система ҳәм экологиялық турақлылыққа унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәр қандай қурылыс, жер жумыслары ҳәм жасалма объектлерди қурыў қатаң қадаған етиледи. Бунда:
🔸
дәрья ҳәӯизи ҳәм оның салалары шеңберинде гидротехникалық, гидромелиоративлик жумыслар, имарат ҳәм қурылмалар, гидроэнергетика, суўды тәртипке салыў ҳәм деривация қурылмаларын қурыў толық қадаған етиледи (жумыс алып барып атырған гидроэнергетика объектлерин реконструкциялаў буған кирмейди);
🔸 дәрьяның мәмлекетлик гидрологиялық тәбият естелиги аймағында
қурылыс жумыслары ушын жер участкалары ажыратылыўына жол қойылмайды.
✅ Угом дәрьясының жаға бойы регионлары ҳәм суўды қорғаў зоналарында жайласқан объектлердиң қоршаған орталыққа унамсыз тәсири ҳәм экологиялық талапларға муўапықлығын үйрениў бойынша
Ҳүкимет комиссиясы қурамы тастыйықланды ҳәм де оның
тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram