avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
05.05.2026 11:35
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Гидроэнергетика тармағы турақлы раўажландырылады


"Гидроэнергетика тараўын және де раўажландырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-163-санлы, 01.05.2026-ж.) қабыл етилди.


🔰 Қарарға бола, "Өзбекгидроэнерго" АЖ жумысы нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

🔹2026-жылдың ақырына шекем 114 МВт ислеп шығарыў қуўатлықларын пайдаланыўға тапсырыў ҳәм 7,1 миллиард кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў;

🔹2032-жылдың ақырына шекем республикада:

▫️ улыўма қуўатлылығы 1 400 МВт болған гидротоплаў электр станцияларын қурыў;
▫️ гидроэнергетика тараўында 3 266 МВт қосымша қуўатлықларды жаратыў арқалы гидроэнергетика қуўатлықларын 2,4 есеге арттырыў.

📝 "Өзбекгидроэнерго" АЖ турақлы раўажландырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды жеделлестириў мақсетинде:

🔸 инвестициялық жойбарлар аймақларына алып барыўшы жол, электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм басқа да инфраструктура объектлериниң қурылысын бир басқышлы жойбарластырыў (жумысшы жойбар) тийкарында "Өзбекгидроэнерго" АЖ қаржылары есабынан сатып алыў тәртибине тийкарланып жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди анықлаған түрде әмелге асырыўға;

🔸 Инфраструктурасы болмаған келешек аймақларқнда жойбарлаў-излеў жумысларын сапалы әмелге асырыў ушын "Гидропроект" АЖ ҳәм "Өзсуӯжойбар" АЖне ушыўшысыз ушыў аппаратларын сатып алыў ҳәм олардан пайдаланыўға;

🔸 "Өзбекгидроэнерго" АЖ ҳәм оның системалы шөлкемлери тәрепинен өткерилетуғын мәмлекетлик сатып алыўларда "Өзбекгидроэнерго" АЖ системасындағы шөлкемлердиң қатнасыўына рухсат берилиўи белгиленди.

Telegram|Facebook*|Instagram*|
YouTube
Telegram
Huqıqıy málimleme QR ️️
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал. ▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin ▪️|Рус тилинде— @pravoinf ▪️|Инглиз тилинде — @leginf ▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
2 289
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ

Обсуждение 0

Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.

Обсудить в Telegram

Huqıqıy málimleme QR ️️

5.1K
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
Открыть в Telegram