#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Енди шет ел валютасында облигациялар шығарыў мүмкин болады
Әдиллик министрлиги Капитал базары тараўында "Тәртипке салыӯ қумханасы" арнаўлы ҳуқықый режими шеңберинде сырт ел валютасында көрсетилген облигацияларды шығарыў ҳәм жайластырыў ҳаққындағы кеңселик ҳүжжетти мәмлекетлик дизимнен өткерди (дизим саны 3826, 29.04.2026 ж.).
💸 Атап айтқанда, шет ел валютасында көрсетилген облигациялар -
номинал баҳасы ҳәм дәраматы шет ел валютасында көрсетилген облигация ийесиниң облигацияның номинал баҳасын ҳәм эмиссия китапшасында нәзерде тутылған дәраматты алыў ҳуқықын тастыйықлаўшы
эмиссиялық баҳалы қағаз есапланады.
⏭️ Өзбекстан резиденти ҳәм
"Тәртипке салыў қумханасы" арнаўлы ҳуқықый режими қатнасыўшысы болған ҳәм де жыллық финанслық есабат бойынша ғәрезсиз аудиторлық шөлкеминиң унамлы жуўмағына ийе болған юридикалық шахслар шет ел валютасындағы облигацияларды шығарыўы мүмкин.
⛔️ Бунда, 1 эмитент тәрепинен валюта облигациялары шығарылыўларының улыўма суммасы
50 млн АҚШ доллары эквивалентинен аспаўы зәрүр.
📁 Валюта облигациялары тәмийинленген ямаса тәмийинленбеген түрде шығарылыўы мүмкин.
✅ Валюта облигацияларын тәмийнатсыз шығарыўға оларды шығарыў ҳаққында қарар қабыл етилген сәнедеги эмитенттиң өз капиталы муғдары шеңберинде жол қойылады. Эмитенттиң өз капиталы муғдарынан асып кеткен жағдайда, эмитент валюта облигацияларын тәмийнатсыз шығарыў ушын асып кеткен сумма муғдарына
тәмийнат усыныўы шәрт.
🏛 Валюта облигацияларын шығарыў, жайластырыў ҳәм олардың айланысы, сондай-ақ, валюта облигацияларының дәраматларын төлеў ҳәм сөндириў үстинен қадағалаў
Келешек жойбарлары миллий агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram