#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиўде даўа баҳасы асырылады
Нызам (ӨРН–1142-санлқ, 30.04.2026 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
💸 Нызам менен Пуқаралық процессуал кодексине киргизилген қосымшаларға бола, егер даўа баҳасы юридикалық шахсларға БЕМның
150 есесинен, Жеке тәртиптеги исбилерменлерге
100 есесинен, физикалық шахсларға болса
50 есесинен артпаса, даўа арзалары бойынша ислер әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығылыўы лазым.
📙 Экономикалық процессуал кодексине киргизилген қосымшаларға бола, егер даўа баҳасы юридикалық тәреплерге БЕМның
150 есесинен, Жеке меншик исбилерменлерге БЕМның
100 есесинен артпаса, даўа арзалары бойынша ислер әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығылыўы лазым.
💰 Сондай-ақ,
арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм санаат зоналарының дирекциялары - инвестиция келисим бойынша миннетлемелерин орынламаған исбилерменлердиң жер участкаларын ижараға алыў ҳуқықын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзалары менен судқа мүрәжат еткенде,
мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилетуғыны белгиленди.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram