#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Туризм объектлеринде туристлерге қолайлықлар жаратылады
💸 Қарарға көре,
2026-жыл 1-сентябрьден Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте:
🔹
2030-жыл 31-декабрьге шекем Өзбекстанға туристлерди тартыў мақсетинде сырт мәмлекетлерден мирәт етилетуғын туроператорлар ўәкиллериниң транспорт, жасаў ҳәм аўқатланыў қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап бериледи;
🔹 жергиликли туроператорлардың мәмлекетимизге сырт елли туристлер ағымын арттырыўға қаратылған сырт елдеги үгит-нәсиятлаў илажлары қәрежетлериниң
25 процентине шекем, бирақ 500 миллион сумнан аспаған бөлеги қаплап бериледи;
🔹 жеке исбилерменлердиң туристлер ушын мәдений-ғалабалық ҳәм концерт-тамаша ҳәм де мәдений илажларды анық белгиленген аймақ ҳәм кесте тийкарында жолға қойыўға байланыслы қәрежетлериниң белгили бир бөлегин
1 жылға шекем қаржыландырыў тәртиби енгизиледи.
✔️ Бунда исбилерменлер тәрепинен усы илажларды шөлкемлестириўди басқышпа-басқыш өзи қаплаў шәрти менен қаржыландырыў шегарасы
Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры кеңеси тәрепинен белгиленеди.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram