avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
05.05.2026 10:03
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Аймақларда туризм инфраструктурасы жедел раўажландырылады


"Аймақларда туризм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ҳәм тараўда жойбар басқарыў системасын енгизиў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-161-санлы, 30.04.2026-ж.) қабыл етилди.


🔰 Қарарға бола, "Жағымлы мәнзил - жойбар - инфраструктура - исбилермен - үгит-нәсият - саяхатшы" шынжыры бойынша жойбар басқарыўы тийкарында:

🔹 34 туризм объектиниң мастер режеси ислеп шығылады;

🔹 31 туризм объектиниң жумысы шөлкемлестириледи ҳәм раўажландырылады.

📜 Туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жойбарлаў офиси республика ямаса жергиликли дәрежедеги барлық түрдеги туристлик зоналар ҳәм туристлик кластерлер дирекция (департамент)ларының жумысын улыўма муўапықластырыўшы мәкеме есапланады.

🗒 2026-жыл 1-июннан баслап Туризм комитети тәрепинен басқышпа-басқыш туристлер баратуғын зыярат етиў орынлары аймақларының функционал жақтан ажыратылған шегараларын белгилеў ҳәм мүмкин болған жағдайларда көп қабатлы имаратларды жайластырыў арқалы олардың аймақларын кеңейтиў ҳәмде олардан пайдаланыў ушын өз алдына дизайн-код енгизиледи.

📑 Туризм тараўын турақлы ҳәм комплексли раўажландырыў мақсетинде жойбарларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар, исбилермен ҳәм инвесторлар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм де билимлендириў ҳәм эксперт шөлкемлери арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тәмийинлеўши "мәмлекет - бизнес - жәмийетшилик - билимлендириў" (Quattro) системасы енгизиледи.

▶️ 2027-жылдан жылына 2 мәрте Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан туристлер арасында таңлап бақлаўлар өткериў әмелияты енгизиледи.

Telegram|Facebook*|Instagram*|
YouTube
Telegram
Huqıqıy málimleme QR ️️
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал. ▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin ▪️|Рус тилинде— @pravoinf ▪️|Инглиз тилинде — @leginf ▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
3 329
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ

Обсуждение 0

Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.

Обсудить в Telegram

Huqıqıy málimleme QR ️️

5.1K
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
Открыть в Telegram