#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Аўыл хожалығы тараўындағы ири инвестициялық жойбарларға жер участкаларын ажыратыў процесслери әпиўайыластырылады
🔰 Пәрманға бола, жер участкаларын пахташылық ҳәм ғәллешилик қәнигелиги бойынша ижараға алған субъектлер жәми жер участкасының
50 процент бөлегине салыстырғанда ижара ҳуқықынан ықтыярлы түрде ўаз кешкенде жер участкасының өзинде қалатуғын бөлеги ушын жаңа системада белгиленген ҳуқықлар, миннетлемелер ҳәм жаңадан
49 жылға ижара ҳуқықына ийе болады ҳәм бунда субъектлердиң:
🔹 аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын коммерциялық банклерден алынған
кредит ҳәм салықлардан қарыздарлығы болмаўы;
🔹 жер участкаларына болған
ижара ҳуқықлары коммерциялық банклерге гиреў тәмийнаты сыпатында қойылмаған болыўы талабы қойылады.
📝 Баҳасы кеминде
10 млн АҚШ доллары эквивалентинде ең жақсы усынысты таңлап алыў жолы менен анықланатуғын ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары:
🔸 жергиликли инвесторларға 49 жыл мүддетке ҳәм "Ижараға берилген аўыл хожалығы жерлерине хызмет көрсетиў дирекциясы"на
25 жыл мүддетке Министрлер Кабинети тәрепинен
(Қарақалпақстан Республикасында 2027-жыл 31-декабрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен де) белгиленген тәртипте тиккелей ижараға бериледи.
⏳
2027-жылдан салы жетистириўде дәстүрий (сеппе) усылдан толық ўаз кешип, салыны тек ғана лазерли тегисленген майданларға нәл усылында ҳәм де заманагөй дән егиў сеялкалары арқалы егиў тәртиби енгизиледи.
Telegram|
Facebook*|
Instagram*|
YouTube
Обсуждение 0
Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.
Обсудить в Telegram