avatar
Huqıqıy málimleme QR ️️
@huqiqiymalimleme
05.05.2026 09:21
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын жаңа система тийкарында ижараға бериў жеделлестириледи


"Аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларының жерден пайдаланыўдағы еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған гезектеги илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-68-санлы, 24.04.2026 ж.) қабыл етилди.

🔰 Пәрманға бола, 2026-жыл 1-майдан республиканың барлық аймақларындағы аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-февральдағы ПП-18-санлы Пәрманында белгиленген тәртипте реализация етиледи, бунда:

🔹 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң усынысына тийкарланып 50 гектардан - 500 гектарға шекемги өлшемдеги жер участкаларын тек ғана санаат усылындағы плантациялар шөлкемлестириў ҳәм шарўашылық ушын жер участкасынан рухсат етилген пайдаланыў түрин белгилеген түрде аукцион саўдаларына шығарыўға жол қойылады;

🔹 аукцион саўдаларына шығарылатуғын жер участкаларының басланғыш баҳасы жер участкасының норматив қунының 50 проценти муғдарында белгиленеди, ҳәр бир қайта саўдада сатылмаған лот баҳасы 10 проценттен басланғыш баҳаның 10 проценти муғдарына (жер участкасын аукцион саўдаларына шығарыў қәрежетлеринен кем болмаған муғдарға) басқышпа-басқыш төменлетиледи;

🔹 биринши аукцион саўдасы тийисли жер участкасы ҳаққындағы хабарнама жәрияланған күннен баслап 15 күн мүддетте ҳәм қайта саўдалар 1 күн мүддетте өткериледи.

✅ Жайлаўлар, пишензарлар ҳәм суўғарылмайтуғын жер майданлары аукцион саўдаларына шығарылғанда лоттың басланғыш баҳасы жер участкасы норматив қунының 1 проценти ҳәм де жер участкасын аукционға шығарыў, жерлерди пайдаланыўға киргизиў бойынша жер дүзиў жойбары ҳәм техникалық-экономикалық тийкарды ислеп шығыў қәрежетлери ҳәм де ижара ҳуқықын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын төлем муғдарына тең суммада белгиленеди.

Telegram|Facebook*|Instagram*|
YouTube
Telegram
Huqıqıy málimleme QR ️️
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал. ▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin ▪️|Рус тилинде— @pravoinf ▪️|Инглиз тилинде — @leginf ▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
2 376
* Принадлежит организации Meta, которая признана экстремистской и запрещена на территории РФ

Обсуждение 0

Обсуждение не доступно в веб-версии. Чтобы написать комментарий, перейдите в приложение Telegram.

Обсудить в Telegram

Huqıqıy málimleme QR ️️

5.1K
Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot
Открыть в Telegram